‏ Matthew 13:10-17

Тымсалдың мақсети

(Мрк 4:10-12; Лук 8:9-10)

10Ийсаның шәкиртлери қасына келип, Оннан:

– Халыққа не ушын тымсаллар менен сөйлеп атырсаң? – деп сорады.

11Ийса оларға былай деп жуўап берди:

– Аспан Патшалығының сырларын билиў сизлерге берилген, бирақ оларға берилмеген.
12Себеби кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады. 13Сонлықтан да оларға тымсаллар менен сөйлеп турман. Өйткени: «Олар қараса да көрмейди,
Тыңласа да еситпейди ҳәм түсинбейди».

14Ийшая пайғамбардың алдын ала олар ҳаққында айтқаны жүзеге асты: «Тыңлап турасыз, бирақ түсинбейсиз,
Қарап турасыз, бирақ мән бермейсиз!
15Себеби бул халықтың жүреги сезимсиз болып,
Қулақлары питип қалған, көзлери гүңгиртлескен.
Олай болмағанда, олардың көзлери көрер еди,
Қулақлары еситер еди, жүреклери менен түсинер еди.
Олар Маған қайтып келсе, Мен оларға шыпа берер едим» .

16Бирақ, сизлердиң көрип турған көзлериңиз, еситип турған қулақларыңыз бахытлы! 17Сизлерге шынын айтып турман: қаншама пайғамбарлар менен ҳақ адамлар сизлердиң көргенлериңизди көргиси келген еди, бирақ көрмеди. Еситкенлериңизди еситкиси келген еди, бирақ еситпеди.
Copyright information for KaaIBT22C