‏ Matthew 13:53-58

Насыралылардың Ийсаға исенбеўи

(Мрк 6:1-6; Лук 4:16-30)

53Ийса усы тымсалларды айтып болғаннан соң, сол жерден кетип қалды. 54Өзи өскен қалаға келип, сол жердеги мәжилисханада халыққа тәлим бере баслады. Халық таң қалысып:

– Ол бундай даналықты ҳәм кәрамат ислеў қүдиретин қаяқтан алған?
55Ол – ағаш устасының баласы емес пе? Оның анасының аты Мәриям, инилериниң атлары Яқып, Юсуп, Шимон, Яҳуда емес пе? 56Оның ҳәмме қарындаслары да бизиң арамызда емес пе? Ал булардың ҳәммеси Онда қаяқтан пайда болды екен? – деди де, 57Оны тән алмады.

Сонда Ийса оларға:

– Қәдирленбейтуғын пайғамбар жоқ, ол тек өз ўатаны менен үйинде ғана қәдирсиз, – деди.

58Олар исенбегени себепли, Ийса ол жерде көп кәраматлар ислемеди.
Copyright information for KaaIBT22C