‏ Matthew 14:1-12

Шомылдырыўшы Яқыяның өлтирилиўи

(Мрк 6:14-29; Лук 9:7-9)

1Сол ўақытта Ийса ҳаққында хабарды Галила үлкесиниң ҳүкимдары Ҳирод та еситип, 2өз хызметкерлерине:

– Бул адам – шомылдырыўшы Яқыя. Ол өлимнен қайта тирилипти, сонлықтан да усындай кәраматлар ислемекте, – деди.

3Буннан бурын Ҳирод өз иниси Филиптиң ҳаялы Ҳиродия себепли Яқыяны услап алып байлатып, қаматып таслаған еди. 4Өйткени Яқыя оған: «Оны ҳаял қылып алыўың нызамға туўры келмейди», – деген еди. 5Ҳирод Яқыяны өлтирмекши де болып еди, бирақ халықтан қорқты. Себеби халық Яқыяны пайғамбар деп санайтуғын еди.

6Ал Ҳиродтың туўылған күнинде, Ҳиродияның қызы жыйналған қонақлардың алдында ойынға түсип, Ҳиродтың кеўлинен шықты. 7Соның ушын ол қызға сораған нәрсесин бериўге ўәде берип, ант ишти.

8Қыз анасының кеңеси бойынша:

– Шомылдырыўшы Яқыяның басын алдырып, табаққа салып, маған усы жерге әкелип бериң, – деди.

9Патша буған қыйналса да, қонақларының алдында ант ишкенликтен қызға сорағанын бериўди буйырды. 10Солай етип, патша адам жиберип, қамақта Яқыяның басын кесип алдыртты. 11Табаққа салып әкелинген бас қызға берилди. Қыз оны анасына апарып берди. 12Яқыяның шәкиртлери келип, оның денесин алып кетип жерледи. Соннан соң барып, Ийсаға хабарлады.
Copyright information for KaaIBT22C