Matthew 14:13-21
Ийсаның бес мың адамды тойғызыўы
(Мрк 6:30-44; Лук 9:10-17; Юхн 6:1-14)
13Ийса буны еситкеннен кейин қайыққа минип, елсиз бир жерге жалғыз кетип қалды. Бул туўралы еситкен халық өз қалаларынан шығып, пиядалап Оның изине ерди. 14Ийса қайықтан түскенде соншама халықты көрди, оларға жаны ашып, аўырыўларына шыпа берди. 15Кеш болғанда шәкиртлери қасына келип, Оған: – Бул – бир елсиз жер, күн де кеш болды. Халықты тарқатып жибер, олар аўылларға барып, өзлерине аўқат сатып алсын, – деди. 16Бирақ Ийса: – Олардың кетиўиниң ҳәжети жоқ, оларға сизлер аўқат бериңлер, – деди. 17– Бизлерде тек бес нан менен еки балық ғана бар, – деди олар. 18Ийса: – Оларды бул жерге, Маған алып келиңлер, – деди. 19Соңынан халыққа шөпли жерге отырыўды буйырды да, бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Қудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, шәкиртлерине берди, олар халыққа үлестирди. 20Ҳәммеси жеп тойды, аўысқан бөлеклерин жыйнап, үлкен он еки себет толтырды. 21Ал жегенлер ҳаял ҳәм балалардан басқа бес мыңдай адам еди.
Copyright information for
KaaIBT22C