Matthew 14:22-33
Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи
(Мрк 6:45-56; Юхн 6:15-21)
22Буннан соң дәрҳал Ийса шәкиртлерине қайыққа миниўди ҳәм Өзинен бурын арғы жағаға кетиўди буйырды. Ал Өзи халықты тарқатып жиберди. 23Халықты тарқатып жибергеннен соң, Ийса дуўа етиў ушын жалғыз Өзи таўға шықты, кеште де сол жерде жалғыз қалды. 24Ал сол ўақытта көлдиң жағасынан узақласқан қайықты толқынлар соққылай баслады, өйткени күшли самал қайыққа қарсы есип тур еди. 25Ерте таңда Ийса көлдиң үсти менен жүрип, оларға жақынлай баслады. 26Шәкиртлери көлдиң үсти менен киятырған Оны көргенде зәррелери ушып: – Бул әрўақ, – деп қатты қорқып бақырысты. 27Бирақ Ийса оларға дәрриў: – Жигерлениңлер! Бул Мен, қорқпаңлар, – деди. 28Петр Оған жуўап берип: – Ийем! Егер бул Сен болсаң, маған суўдың үсти менен Сениң қасыңа жүрип барыўды буйыр, – деди. 29Ийса: – Кел, – деди. Петр қайықтан түсип, Ийсаға қарай суўдың үсти менен жүрип кетти. 30Бирақ ол самалдың күшли екенин көргенде қорқып кетип, суўға бата баслағанда: – Ийем! Мени қутқар! – деп бақырды. 31Ийса дәрриў қолын созып, оны тартып алды да, оған: – Ҳәй, исеними аз! Сен неге гүманландың? – деди. 32Олар қайыққа мингенде, самал тынып қалды. 33Қайықтағы шәкиртлери Ийсаның аяғына жығылып: – Сен шынында да, Қудайдың Улысаң! – дести.
Copyright information for
KaaIBT22C