‏ Matthew 15:1-20

Адамларды не ҳарамлайды?

(Мрк 7:1-13)

1Сонда Ийсаның қасына Ерусалимнен парисейлер менен диний муғаллимлер келип, Оған:

2– Не ушын Сениң шәкиртлериң ата-бабалардан қалған дәстүрлерди бузып жүр? Олар нан жеўден алдын қолларын жуўмайды, – деди.

3Ийса оларға жуўап берип, былай деди:

– Сизлер не ушын дәстүрлериңиз себепли Қудайдың буйрығын бузасызлар?
4Себеби Қудай: «Ата-анаңды ҳүрметле» ҳәм «Ким де ким әкесине ямаса анасына жаман сөз айтса, ол сөзсиз өлтирилсин» деп буйрық берген. 5Ал сизлер: «Ким де ким әкесине ямаса анасына: „Саған беретуғынымды Қудай жолына қурбан етип бағышлайман“, десе, 6ол әкесин ямаса анасын сыйламаса да болады», – дейсизлер. Солай етип, дәстүрлериңиз себепли, сизлер Қудайдың сөзин бийкар етип атырсызлар. 7Ҳәй, еки жүзлилер! Ийшая пайғамбар сизлер туўралы алдын ала дурыс айтқан: 8«Бул халық сыйлар Мени тили менен
Бул халық сыйлар Мени тили менен – Базы қолжазбаларда «Бул халық аўзы менен маған жақынлап, тили менен мени сыйлар».
,
Бирақ жүреги Меннен алыс.
9Олар Маған босқа сыйынып,
Адам ойлап тапқан парызларды үйретер» .

10Соңынан Ийса халықты шақырып алып, оларға:

– Тыңлап, түсинип алыңлар:
11адамды оның аўзына енген нәрсе емес, ал аўзынан шыққан нәрсе ҳарамлайды, – деди.

12Сонда Оның шәкиртлери қасына келип, Оннан:

– Бул сөзди еситкенде, парисейлердиң ашыўланып қалғанын билдиң бе? – деп сорады.

13Ийса оларға:

– Аспандағы Әкем екпеген ҳәр бир өсимлик түп-тамыры менен жулып тасланады.
14Оларды қойыңлар. Олар – соқырлардың соқыр жетелеўшилери. Егер соқырды соқыр жетелесе, екеўи де шуқырға қулап түседи, – деди.

15Петр Оған:

– Бул тымсалды бизлерге түсиндирип бер, – деди.

16Ийса оларға:

– Сизлер еле түсинбей турсызлар ма?
17Аўызға енгенниң ҳәммеси қарынға баратуғынын, оннан соң сыртқа шығып кететуғынын түсинбейсизлер ме? 18Аўыздан шыққан кеўилден шығады. Адамды ҳарамлайтуғын усы. 19Өйткени жаманлық ойлаў, адам өлтириў, неке ҳадаллығын бузыў, бузықшылық қылыў, урлық ислеў, жалған гүўалық бериў ҳәм масқаралаў кеўилден шығады. 20Адамды ҳарамлайтуғын усылар. Ал қол жуўмай аўқат жеў адамды ҳарамламайды, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C