Matthew 15:21-28
Қананлы ҳаялдың исеними
(Мрк 7:24-30)
21Ийса сол жерден шығып, Тир ҳәм Сидон үлкесине кетти. 22Сол үлкелерден қананлы бир ҳаял келип, Оған: – Ийем, Даўыттың Урпағы, маған реҳим ете гөр! Мениң қызымды жин урып, қатты қыйналып атыр, – деп бақырды. 23Бирақ Ийса оған ҳеш нәрсе айтпады. Сонда шәкиртлери қасына келип, Оннан: – Оны жибер, изимизден бақырып киятыр, – деп өтинди. 24Ийса: – Мен тек Израилдың жоғалған қойларына жиберилгенмен, – деп жуўап қайтарды. 25Сонда ҳаял келип, Оның аяғына жығылды да: – Ийем! Маған жәрдем ете гөр! – деп жалынды. 26Ийса оған жуўап берип: – Балалардың нанын алып, ийтлерге таслаў дурыс емес, – деди. 27Ҳаял: – Аўа, Ийем, солай. Бирақ ийтлер де хожайынларының дастурханынан түскен усақларды жейди-ғо, – деди. 28Сонда Ийса оған: – Ҳәй, ҳаял, сениң исенимиң күшли екен, тилегениң болсын, – деди. Оның қызы сол ўақытта-ақ жазылып кетти.
Copyright information for
KaaIBT22C