Matthew 15:32-39
32Ийса шәкиртлерин жанына шақырып алып, оларға: – Халыққа жаным ашып тур. Олар үш күннен бери қасымда болып, жейтуғын ҳеш нәрсеси жоқ. Оларды аш ҳалында жибергим келмейди, себеби жолда ҳәлсиреп қалыўы мүмкин, – деди. 33Шәкиртлери: – Усыншама халықты тойғыза аларлықтай, бир елсиз далада нанды қаяқтан табамыз? – деди. 34Ийса олардан: – Неше наныңыз бар? – деп сорады. Олар: – Жетеў, және бир неше киши балық та бар, – деп жуўап берди. 35Соңынан Ийса халыққа жерге отырыўды буйырды. 36Жети нанды ҳәм балықларды алып, Қудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, шәкиртлерине берди, олар халыққа үлестирди. 37Олардың ҳәммеси жеп тойды. Аўысқан бөлеклерин жыйнап, жети себет толтырды. 38Жегенлер ҳаял ҳәм балалардан басқа төрт мың адам еди. 39Соннан соң, Ийса халықты тарқатып жиберди де, қайыққа минип, Магдала дөгерегине кетти.
Copyright information for
KaaIBT22C