Matthew 16:1-4
Кәраматлы белги көрсетиўди сораў
(Мрк 8:11-13; Лук 12:54-56)
1Парисейлер менен саддукейлер Ийсаға келди де, Оны сынамақшы болып, аспаннан кәраматлы белги көрсетиўин сорады. 2Ийса оларға жуўап қайтарып: – Кеште сизлер: «Ертең күн ашық болады, аспан қызғыш-ғо», – дейсизлер. 3Ал таң азаннан: «Бүгин жаўын-шашын болады, аспан қызыл ҳәм түнерген», – дейсизлер. Сизлер неге аспанның райын айыра алсаңлар да, заманның белгилерин айыра алмайсызлар? 4Жаман ҳәм опасыз әўлад кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнустың белгисинен басқасы көрсетилмейди, – деди. Соң оларды қалдырып, сол жерден кетип қалды.
Copyright information for
KaaIBT22C