‏ Matthew 16:13-19

Петрдиң Ийсаның Масийх екенин мойынлаўы

(Мрк 8:27-30; Лук 9:18-21)

13Ийса Филип Кесариясындағы үлкеге келгенде, Өз шәкиртлеринен:

– Адамлар Мени, Адам Улын ким деп санайды? – деп сорады.

14Олар:

– Гейбиреўлери шомылдырыўшы Яқыя, гейбиреўлери Илияс, ал базылары Еремия ямаса пайғамбарлардың бири деп санайды, – деди.

15Ийса оларға:

– Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деди.

16Шимон Петр жуўап қайтарып:

– Сен – Масийхсаң, тири Қудайдың Улысаң, – деди.

17Ийса оған:

– Юнустың улы Шимон, сен бахытлысаң! Саған буны адам баласы емес, ал аспандағы Әкем ашып билдирди.
18Саған Мениң айтатуғыным мынаў: сен – Петрсең
Петр – грек тилинде «Пэтрос», тас дегенди билдиреди.
, Мен мына тастың үстине Өз жәмәәтимди орнатаман, оны өлим күшлери де жеңе алмайды.
19Саған Аспан Патшалығының гилтлерин беремен. Сен жер бетинде нени байласаң, сол аспанда да байланады, және де, сен жер бетинде нени шешсең, сол аспанда да шешиледи, – деп жуўап берди.
Copyright information for KaaIBT22C