Matthew 16:21-28
Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында билдириўи
(Мрк 8:31–9:1; Лук 9:22-27)
21Сол ўақыттан баслап Ийса Өзиниң Ерусалимге барып, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен көп азап шегиўи ҳәм өлтирилиўи, бирақ үшинши күни қайта тирилиўи тийис екенлигин шәкиртлерине билдире баслады. 22Петр Ийсаны шетке шақырып алып, Оған: – Қудай сақласын, Ийем! Саған бундай бола көрмесин! – деп қарсы сөйлей баслады. 23Ийса бурылып, Петрге: – Жоқ бол көзимнен, шайтан! Сен Маған кесент берип атырсаң. Сен Қудайдың емес, ал адамның ислерин ойлап турсаң, – деди.Өзинен кешип, Ийсаға ериў
24Сонда Ийса Өз шәкиртлерине: – Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. 25Өйткени ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким өз жанын Мен ушын жоғалтса, оны сақлап қалады. 26Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ өз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда? Ол өз жаны ушын қандай төлем бере алады? 27Адам Улы Әкесиниң салтанатында Өз периштелери менен бирге келеди. Сонда Ол ҳәр кимге ислеген ислерине қарай қайтарады. 28Сизлерге шынын айтаман: усы жерде турғанлардың гейбиреўлери Адам Улының Өз Патшалығында келиўин көрмегенше, өлмейди, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C