‏ Matthew 16:5-12

Жалған тәлиматлардан сақ болыңлар!

(Мрк 8:14-21)

5Ийсаның шәкиртлери арғы жағаға өткенде, нан әкелиўди умытып кеткен еди. 6Ийса оларға:

– Абайлаңлар, парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң ашытқысынан сақ болыңлар! – деди.

7Сонда олар:

– Нан әкелмегенимиз ушын солай деп атырған шығар, – деп өз ара айтыса баслады.

8Ийса буны билип, оларға:

– Ҳәй, исеними азлар, сизлер неге өз ара наныңыздың жоқлығын айтысып турсызлар?
9Еле де түсинбедиңлер ме? Бес нан бес мың адамға жетип, аўысқанын жыйнағаныңызда неше себет толтырғаныңыз есиңизде жоқ па? 10Және де жети нан төрт мың адамға жетип, аўысқанын жыйнағаныңызда неше себет толтырғаныңыз есиңизде жоқ па? 11Мениң сизлерге нан ҳаққында айтпағанымды неге түсинбейсизлер? Парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң ашытқыларынан сақ болыңлар, – деди.

12Олар сонда ғана Оның нанның ашытқысынан емес, ал парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң тәлиматларынан сақ болыўды айтқанлығын түсинди.
Copyright information for KaaIBT22C