‏ Matthew 17:1-13

Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи

(Мрк 9:2-13; Лук 9:28-36)

1Арадан алты күн өткеннен соң, Ийса тек Петрди, Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды қасына алып, бир бийик таўға шықты. 2Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси өзгерди: Оның жүзи қуяштай жарқырады, кийимлери жарық сыяқлы аппақ болды. 3Сол ўақытта бирден оларға Ийса менен сөйлесип турған Муўса ҳәм Илияс пайғамбарлар көринди. 4Сонда Петр Ийсаға:

– Ийем, бизлердиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Егер қәлесең, мен бул жерге үш қос қураман: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.

5Ол еле сөйлеп турғанда, бир жарық булт оларды қаплады. Булттан:

– Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман. Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.

6Буны еситкен ўақытта шәкиртлери қатты қорқысып, бет-әлпетинен жерге жығылды. 7Бирақ Ийса жақынлап келип, оларға қолын тийгизди де:

– Турыңлар, қорқпаңлар! – деди.

8Олар көзлерин ашып жоқарыға қарағанда, Ийсадан басқа ҳеш кимди көрмеди.

9Таўдан төмен түсип баратырғанда, Ийса оларға:

– Адам Улы өлимнен қайта тирилмесинен бурын, бул көргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар! – деп буйырды.

10Сонда олар:

– Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады.

11Ийса оларға:

– Дурыс, алды менен Илияс келип ҳәммесин дүзетеди.
12Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: Илияс әлле қашан келген еди, бирақ оны адамлар танымады ҳәм оған қәлегенин иследи. Адам Улы да олардан солай азап шегеди, – деп жуўап берди.

13Сонда шәкиртлери Ийсаның шомылдырыўшы Яқыя ҳаққында айтып турғанын түсинди.
Copyright information for KaaIBT22C