‏ Matthew 17:14-21

Жин урған баланың шыпа табыўы

(Мрк 9:14-32; Лук 9:37-45)

14Олар халықтың жанына келгенде, бир адам Ийсаға жақынлап, Оның алдында дизе бүкти де:

15– Ийем, мениң улыма реҳим ете гөр. Ол қояншық болып аўырып, қатты азап шегип атыр, жийи-жийи отқа да, суўға да жығылады. 16Мен оны Сениң шәкиртлериңе әкелген едим, бирақ олар шыпа бере алмады, – деди.

17Ийса жуўап қайтарып:

– Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Қашанға дейин сизлерге шыдайман? Оны Маған, бул жерге әкелиңлер, – деди.

18Ийса жинге буйрық бергенде, ол баладан шығып кетти ҳәм бала сол ўақытта-ақ шыпа тапты.

19Сонда шәкиртлери Ийсаға аўлақта келип:

– Бизлер неге жинди қуўып шығара алмадық? – деп сорады.

20Ийса оларға:

– Исенимиңиз аз болғанлықтан. Мен сизлерге шынын айтып турман: егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул таўға: «Усы жерден ана жерге көш!» десеңлер, ол көшеди. Сизлердиң қолыңыздан келмейтуғын ҳеш нәрсе болмайды, – деди. [
21
Базы қолжазбаларда 21-аят та бар: «Бирақ, жинлердиң бундай түрин тек дуўа етиў ҳәм ораза тутыў арқалы қуўып шығарыўға болады».
]
Copyright information for KaaIBT22C