Matthew 18:1-5
Аспан Патшалығында ең уллы ким?
(Мрк 9:33-37, 42-48; Лук 9:46-48; 17:1-2)
1Сол ўақытта шәкиртлери Ийсаның жанына келип: – Аспан Патшалығында ең уллы ким? – деп сорады. 2Ийса бир кишкене баланы шақырып алып, оны олардың ортасына турғызып қойып былай деди: 3– Сизлерге шынын айтып турман: кеўиллериңизди өзгертип, балалар сыяқлы болмасаңыз, Аспан Патшалығына кире алмайсыз. 4Солай етип, ким де ким өзин усы бала сыяқлы пәс тутса, сол Аспан Патшалығында ең уллы болады. 5Ал ким де ким мынадай бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады.
Copyright information for
KaaIBT22C