‏ Matthew 18:6-9

6Бирақ ким де ким Маған исенетуғын мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып, терең теңиздиң түбине батырылғаны оған жақсырақ болар еди. 7Адамларды азғырыўшы нәрселер себепли, дүнья ҳәсирет шегеди! Азғырыўшы нәрселердиң болыўы сөзсиз, бирақ азғырыў ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди!

8Егер сени қолың ямаса аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки қолың менен ямаса еки аяғың менен мәңгилик отқа тасланғаныңнан гөре, бир қолың ямаса бир аяғың менен өмирге ерискениң өзиңе жақсырақ. 9Егер сени көзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки көзиң менен дозақ отына тасланғаныңнан гөре, жалғыз көзиң менен өмирге ерискениң өзиңе жақсырақ.
Copyright information for KaaIBT22C