Matthew 19:1-12
Ажырасыў туўралы
(Мрк 10:1-12)
1Ийса усы сөзлерди айтып болғаннан соң Галиладан жолға шығып, Иорданның арғы жағасындағы Яҳудия үлкесине барды. 2Оның изине көп халық ерди, Ол сол жерде оларға шыпа берди. 3Ийсаның қасына парисейлер келип, Оны сынап көриў ушын: – Ер адамның ҳәр қыйлы себеп пенен ҳаялынан ажырасыўы нызамға туўры келе ме? – деп сорады. 4Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди: – Жаратыўшы ең баста оларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқанын ▼ оқымағансызлар ма? 5Және Ол былай деген: «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады» ▼. 6Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады. Сол себепли, Қудай қосқанларды адам ажыратпасын. 7Олар Ийсаға: – Сонда неге Муўса пайғамбар ер адамға ажырасқанда ҳаялына талақ хат берип ажырасыўды буйырған? ▼ – деди. 8Ийса оларға: – Сизлер тас баўыр болғанлықтан, Муўса сизлерге ҳаялларыңыз бенен ажырасыўға рухсат берген. Бирақ баста олай емес еди. 9Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким өз ҳаялы менен неке ҳадаллығын бузыўдан басқа себеп пенен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол неке ҳадаллығын бузған болады ▼▼ Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Ажырасқан ҳаялды алған адам да неке ҳадаллығын бузған болады».
, – деди. 10Сонда Ийсаның шәкиртлери Оған: – Егер ер адамның ҳаялына деген ўазыйпасы усындай болса, онда үйленбеген жақсырақ екен, – деди. 11Ийса оларға: – Буны ҳәмме де қабыл ете алмайды, бирақ кимге Қудайдан берилсе, сол ғана қабыл ете алады. 12Өйткени үйленбейтуғын ҳәр түрли адамлар бар: гейбиреўлери ақта болып туўылады, гейбиреўлерин адамлар ақта қылып таслайды, ал базылары Аспан Патшалығына хызмет етиў ушын өз ерки менен үйлениўден бас тартады. Ким бул сөзди қабыл ете алса, сол қабыл етсин, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C