‏ Matthew 19:16-30

Байлық ҳәм мәңгилик өмир

(Мрк 10:17-31; Лук 18:18-30)

16Сонда бир жигит Ийсадан:

– Устаз! Мәңгилик өмирге ийе болыўым ушын қандай ийгиликли ислер ислеўим керек? – деп сорады.

17Ийса оған:

– Сен неге Меннен ийгилик ҳаққында сорадың? Тек Қудай ғана ийгиликли. Ал мәңгилик өмирге ерискиң келсе, Оның буйрықларын орынла, – деди.

18Жигит Ийсадан:

– Қандай буйрықларды? – деп сорады.

Ийса:

– «Адам өлтирме, неке ҳадаллығын бузба, урлық ислеме, жалған гүўалық берме,
19ата-анаңды ҳүрметле ҳәм өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй!» , – деди.

20Жас жигит Оған:

– Мен булардың ҳәммесин орынлап киятырман, және не жетиспейди? – деди.

21Ийса оған:

– Егер минсиз болғың келсе, барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.

22Бул сөзлерди еситкен жас жигит қапа болып, сол жерден кетип қалды. Өйткени оның байлығы көп еди.

23Ийса Өз шәкиртлерине:

– Сизлерге шынын айтып турман: бай адамның Аспан Патшалығына кириўи қыйын.
24Тағы сизлерге айтатуғыным: бай адамның Қудайдың Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди.

25Буны еситкен шәкиртлери қатты таң қалысып:

– Олай болса, ким қутқарыла алады? – деп сорады.

26Ал Ийса оларға қарап:

– Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Қудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди.

27Сонда Петр жуўап қайтарып, Оған:

– Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик. Бизлер неге ерисемиз? – деди.

28Ийса оларға:

– Сизлерге шынын айтып турман: дүнья жаңаланғаннан соң, Адам Улы Өзиниң салтанатлы тахтына отырғанда, Мениң изиме ерип жүрген сизлер де он еки тахтқа отырып, Израил халқының он еки урыўына ҳүкимдарлық қыласызлар.
29Сонда Мениң атым ушын өз үйлерин, аға-инилерин, апа-қарындасларын, ата-анасын
Базы қолжазбаларда «ҳаялын» деген сөз де бар.
, балаларын, мал-мүлкин таслап шыққан ҳәр ким жүз есе артығы менен алады ҳәм мәңгилик өмирге ийе болады.
30Бирақ бириншилердиң көбиси соңғылар, соңғылардың көбиси бириншилер болады, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C