‏ Matthew 20:17-19

Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында үшинши рет билдириўи

(Мрк 10:32-34; Лук 18:31-34)

17Ерусалимге баратырғанда, Ийса жолда он еки шәкиртин аўлаққа шақырып алып, оларға:

18– Минекей, бизлер енди Ерусалимге қарай көтерилип баратырмыз. Сол жерде Адам Улы бас руўханийлер менен диний муғаллимлердиң қолына услап бериледи. Олар Оны өлимге ҳүким етип, 19Оны масқаралаў, сабаў, атанақ ағашқа шегелеў ушын, басқа миллет адамларына тапсырады. Бирақ Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C