‏ Matthew 20:20-28

Яқып ҳәм Юханның анасының өтиниши

(Мрк 10:35-45)

20Сол ўақытта Зебедейдиң улларының анасы уллары менен Ийсаның қасына келди. Оның аяғына жығылып, бир нәрсе сорамақшы болды.

21Ийса оннан:

– Тилегиң не? – деп сорады.

Ҳаял Оған:

– Өз патшалығыңда усы еки улымның биреўин оң жағыңа, екиншисин сол жағыңа отырғызыўды ўәде ет, – деди.

22Ал Ийса жуўап қайтарып:

– Сизлер не сорап турғаныңызды билмейсизлер. Сизлер Мен ишетуғын азап кесесинен ише аласызлар ма?
Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Мениң шомылдырылатуғынымдай, шомылдырыла аласызлар ма?»
– деди.

Олар:

– Аўа, ише аламыз, – деди.

23Ийса оларға:

– Мениң кесемнен ишесизлер
Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Мениң шомылдырылғанымдай, сизлер де солай шомылдырыласызлар».
. Бирақ, Өзимниң оң жағым менен сол жағыма отырғызыў Мениң еркимде емес. Әкем кимлерге арнаған болса, солар отырады, – деди.

24Буны еситкен он шәкирти ағалы-инили екеўине ашыўланып қалды. 25Бирақ Ийса оларды қасына шақырып алып, былай деди:

– Басқа миллетлер арасында ҳүкимдарлары халыққа зулымлық етип, басшылары үстемлик пенен басқаратуғынын билесизлер.
26Бирақ, сизлердиң араңызда бундай болмасын. Араңызда ким уллы болғысы келсе, сол сизлерге хызметши болыўы шәрт. 27Араңызда ким биринши болғысы келсе, сол сизлерге қул болыўы шәрт. 28Адам Улы Өзине хызмет еттириўге емес, ал Өзи хызмет етиўге ҳәм көплердиң азатлық қунын төлеў ушын, Өз жанын бағышлаўға келди.
Copyright information for KaaIBT22C