‏ Matthew 20:29-34

Ийсаның еки соқырға шыпа бериўи

(Мрк 10:46-52; Лук 18:35-43)

29Олар Ерихо қаласынан шыққанда, көп халық Ийсаның изине ерди. 30Сонда жолдың шетинде отырған еки соқыр адам Ийсаның өтип баратырғанын еситип:

– Ийем, Даўыттың Урпағы! Бизлерге реҳим ете гөр! – деп бақырды.

31Халық үнлерин шығармаўды айтып, оларға кейиди. Бирақ олар оннан да бетер қатты бақырып:

– Ийем, Даўыттың Урпағы! Бизлерге реҳим ете гөр! – деди.

32Ийса тоқтап, оларды шақырып алды да:

– Мениң өзлериңиз ушын не ислеўимди қәлейсизлер? – деп сорады.

33Олар:

– Ийем, көзлеримизди ашыўыңды, – деп жуўап берди.

34Ийса оларға жаны ашып, көзлерине қолын тийгизди.

Сол ўақытта-ақ олардың көзлери ашылып, Оның изине ерди.
Copyright information for KaaIBT22C