Matthew 21:1-11
Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи
(Мрк 11:1-11; Лук 19:28-40; Юхн 12:12-19)
1Олар Ерусалимге жақынлап, Зәйтүн таўының етегиндеги Бетфаге деген аўылға келгенде, Ийса еки шәкиртин жумсап, 2оларға былай деди: – Қарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған кириўден-ақ, байлаўлы турған ешек пенен гүррени табасызлар. Оларды шешип алып, Маған әкелиңлер. 3Егер биреў сизлерге бир нәрсе десе, сизлер: «Олар Ийемизге керек», – деп айтыңлар, ол оларды сол ўақытта-ақ жибереди. 4Бул пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды: 5«Қыз Сионға ▼▼ Қыз Сион – Ерусалим.
айтыңлар:Мине, сениң Патшаң ешекке, жас ешекке,
Гүрреге минип кишипейиллик пенен саған киятыр!» ▼
6Шәкиртлери барып, Ийсаның буйырғанын иследи. 7Олар ешекти гүрреси менен алып келип, шапанларын үстине жапты, Ийса гүрреге минип алды. 8Халықтың көпшилиги өз шапанларын жолға төсеп, басқалары тереклерден шақа кесип алып жолға жайды. 9Алды-артында ерип киятырған халық қуўанысып: – Даўыттың Урпағына ҳосанна! ▼
▼ Ҳосанна! – «Қутқара гөр!» деген мәнисте. Қудайды алғыслағанда айтылады.
Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын жарылқансын!
Ең жоқарыда ҳосанна! ▼
▼ Заб 117:25-26.
– деп бақырысты.10Ийса Ерусалимге кирип келгенде, пүткил қала жанланып: – Бул ким? – деп сорады. 11Халық: – Бул – Ийса, Галиладағы Насырадан шыққан пайғамбар, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C