Matthew 21:18-19
Қуўрап қалған әнжир ағашы
(Мрк 11:12-14, 20-24)
18Ерте азанда Ийса қалаға қайтып киятырғанда, аш болды. 19Жол бойында бир әнжир ағашын көрип, оның қасына барды. Бирақ оннан жапырақларынан басқа ҳеш нәрсе таппағаннан соң, ағашқа: – Буннан былай, сенде мәңгиге ҳеш жемис өспесин, – деди. Әнжир ағашы сол ўақытта-ақ қуўрап қалды.
Copyright information for
KaaIBT22C