Matthew 21:20-22
20Шәкиртлери буны көргенде таң қалысып: – Бул әнжир ағашы қалайынша дәрриў қуўрап қалды? – деп сорады. 21Ийса оларға жуўап берип: – Сизлерге шынын айтып турман: егер гүмансыз исенсеңлер, тек әнжир ағашына ислегенимдей ғана емес, ҳәтте мына таўға: «Орныңнан көтерилип, теңизге қула!» – десеңиз, айтқаныңыз болады. 22Егер исеним менен дуўа етсеңлер, не сорасаңлар да, ҳәммесин аласызлар, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C