‏ Matthew 21:33-46

Жаўыз дийханлар ҳаққында тымсал

(Мрк 12:1-12; Лук 20:9-19)

33– Енди басқа бир тымсалды тыңлаңлар: бир үй ийеси болыпты. Ол жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты, шарап искенжесин қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, өзи узақ жерге кетип қалыпты. 34Зүрәәт жыйнайтуғын мәўсим жақынлағанда, ол өзине тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға хызметшилерин жиберипти. 35Дийханлар оның хызметшилерин услап алып, олардың биреўин сабап, екиншисин өлтирип, ал және биреўин тас боран қылыпты. 36Соңынан бағдың ийеси бурынғыдан да көп басқа хызметшилерин жибергенде, оларға да солай ислепти. 37Ең ақырында ол: «Улымды ҳүрмет етер» деп, оларға өз улын жиберипти. 38Бирақ дийханлар оның улын көрип, бир-бирине: «Бул – мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны өлтирип, мийрас мүлкине ийе болайық», – десипти. 39Олар оны услап алып, жүзим бағынан сыртқа шығарып өлтирипти.

40Енди жүзим бағының ийеси келгенде, сол дийханларға не қылады?

41Олар Ийсаға:

– Ол бул жаўызларды реҳимсизлик пенен өлтиреди де, жүзим бағын ўақтында жемисин берип туратуғын басқа дийханларға ижараға береди, – деди.

42Ийса оларға былай деди:

– Сизлер Мухаддес Жазыўларда мына сөзлерди оқымағансызлар ма? «Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы,
Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды.
Жаратқан Ийе қылған бул ис,
Көзимизге әжайып көринди!»
Заб 117:22-23.

43Сонлықтан Мениң сизлерге айтатуғыным: Қудай Өз Патшалығын сизлерден тартып алады да, оны жемисин берип туратуғын халыққа береди. 44Сол тасқа түскен адамның шыл-пәршеси шығады. Тас кимниң үстине түссе, соны женшип таслайды.

45Бас руўханийлер менен парисейлер Ийсаның айтқан тымсалларын еситкеннен соң, Оның өзлери ҳаққында айтқанын түсинип, 46Оны қолға алыўға тырысты. Бирақ халықтан қорқты, себеби халық Оны пайғамбар деп санайтуғын еди.
Copyright information for KaaIBT22C