Matthew 22:1-10
Үйлениў тойы туўралы тымсал
(Лук 14:15-24)
1Ийса оларға тымсаллар менен сөзин даўам етип, былай деди: 2– Аспан Патшалығы бир патшаның өз баласының үйлениў тойын бергенине уқсайды. 3Тойға мирәт етилгенлерди шақырып келиў ушын, патша хызметшилерин жиберипти. Бирақ олардың келгиси келмепти. 4Сонда ол және басқа хызметшилерин жиберип: «Мирәт етилгенлерге айтыңлар: мине, мен зыяпатымды таярлап қойдым, өгизлерим де, семиртилген малларым да сойылды, ҳәммеси де тайын. Тойға келсин!» – деп айтып қалыпты. 5Бирақ, мирәт етилгенлер оның сөзине кеўил аўдармапты: кимиси егислик жерине, кимиси саўда-сатығына кетипти. 6Ал гейбиреўлери патшаның хызметшилерин услап алып, хорлап өлтирипти. 7Буны еситкен патша қәҳәрленип, өзиниң әскерлерин жиберипти. Сол жынаятшыларды өлтиртип, олардың қалаларын өртетип жиберипти. 8Сонда ол өзиниң хызметшилерине: «Тойдың асы таяр, бирақ мирәт етилгенлер ылайықсыз болды. 9Сонлықтан енди сизлер жол дәрбентлерине барып, ушыратқанларыңыздың бәрин тойға шақырып келиңлер», – депти. 10Сонда хызметшилери жолларға шығып, ушыратқанларының бәрин де: жақсысы болсын, жаманы болсын, шақырып жыйнап келипти. Тойхана қонақларға толы болыпты.
Copyright information for
KaaIBT22C