Matthew 22:15-22
Салық төлеў туўралы
(Мрк 12:13-17; Лук 20:20-26)
15Сонда парисейлер сыртқа шығып кетип, Ийсаны қалай сөзинен тутыў туўралы ойласа баслады. 16Оған Ҳиродтың тәрепдарлары менен бирге өзлериниң шәкиртлерин жиберип, былай деп айтқызды: – Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Өйткени Сен адамлардың бет-жүзине қарамайсаң. 17Солай етип, бизлерге айтшы, Сен мынаған қалай қарайсаң: Рим императорына салық төлеў дурыс па ямаса надурыс па? 18Бирақ Ийса олардың ҳарам нийетин билип, оларға: – Ҳәй, еки жүзлилер! Сизлер Мени неге сынап атырсызлар? 19Маған салық теңгесин көрсетиңлер, – деди. Олар Оған бир динар әкелип берди. 20Ол: – Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады. 21Олар: – Рим императорының, – деп жуўап берди. Сонда Ийса: – Олай болса, императордың ҳақын императорға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди. 22Олар буны еситип, таң қалысты ҳәм Оның жанынан кетип қалды.
Copyright information for
KaaIBT22C