Matthew 22:23-33
Қайта тирилиў туўралы сораў
(Мрк 12:18-27; Лук 20:27-40)
23Қайта тирилиў жоқ, деўши саддукейлер сол күни Ийсаға келип, былай деп сораў қойды: 24– Устаз! Муўса: «Биреў баласы болмай өлсе, изинде қалған жесирине иниси үйленип, ағасының урпағын даўам еттирсин», ▼ – деген-ғо. 25Бизде ағайинли жети жигит бар еди. Олардың бириншиси үйленип, қайтыс болды, баласы болмағанлықтан, ҳаялы инисине қалды. 26Екиншисине де, үшиншисине де, ҳәтте, жетиншисине де солай болды. 27Бәринен кейин ҳаялдың өзи де қайтыс болды. 28Ал енди қайта тирилгенде ҳаял жетеўиниң қайсысының ҳаялы болады? Ол олардың ҳәммесине де ҳаял болған еди-ғо. 29Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди: – Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Қудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар. 30Өйткени адамлар қайта тирилиўде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады. 31Өлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Қудайдың сизлерге айтқанларын оқымағансызлар ма? 32Қудай: «Мен Ибрайымның Қудайыман, Ысақтың Қудайыман, Яқыптың Қудайыман» ▼, – деген. Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы. 33Буны еситкен халық Оның тәлиматына таң қалды.
Copyright information for
KaaIBT22C