Matthew 22:34-40
Ең баслы буйрық
(Мрк 12:28-34; Лук 10:25-28)
34Ийсаның саддукейлерди сөйлетпей таслағанын еситкен парисейлер бир жерге жыйналды. 35Олардың арасынан бир нызам муғаллими Ийсаны сынамақшы болып, 36Оннан: – Устаз! Мухаддес Нызамдағы ең баслы буйрық қайсы? – деп сорады. 37Ийса оған: – «Қудайың Жаратқан Ийени шын жүректен, жан-тәниң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй» ▼. 38Бул – биринши ҳәм ең баслы буйрық. 39Екиншиси де сол сыяқлы: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй» ▼. 40Пүткил Мухаддес Нызам да, пайғамбарлардың Жазыўлары да усы еки буйрыққа тийкарланған, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C