Matthew 22:41-46
Масийх кимниң Урпағы?
(Мрк 12:35-37; Лук 20:41-44)
41Парисейлер жыйналып болғаннан соң, Ийса олардан: 42– Масийх ҳаққында не ойлайсызлар? Ол кимниң урпағы? – деп сорады. – Ол Даўыттың Урпағы, – деди олар. 43Ийса олардан: – Олай болса, Даўыт Мухаддес Руўхтан илҳамланып, Масийхты қалайынша «Ийем» деп атаған? Ол былай деген-ғо: 44«Жаратқан Ийе Ийеме айтты:„Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша,
Мениң оң жағымда отыр“» ▼.
45Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның урпағы болады? – деп сорады. 46Оған ҳеш ким де жуўап бере алмады ҳәм сол күннен баслап, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.
Copyright information for
KaaIBT22C