Matthew 23:37-39
Ийсаның Ерусалим туўралы қайғырыўы
37– Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды өлтириўши, Қудайдың саған жибергенлерин тас боран қылыўшы қала! Өз шөжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер. 38Мине, үйиңизди Қудай таслап кетип, ол қаңырап қалады. 39Сизлерге айтатуғыным: «Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын жарылқансын!» ▼▼ Заб 117:26.
– деп айтқанларыңызға дейин Мени қайтып көрмейсизлер.
Copyright information for
KaaIBT22C