Matthew 24:1-14
Ийсаның Ибадатхананың қыйралыўын болжаўы
(Мрк 13:1-13; Лук 21:5-19)
1Ийса Ибадатханадан шығып баратырғанда, шәкиртлери Оған Ибадатхананың имаратларын нусқап көрсетиў ушын қасына келди. 2Сонда Ийса оларға: – Мыналардың бәрин көрип турсызлар ма? Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди. 3Соннан соң, Ол Зәйтүн таўында отырғанда шәкиртлери аўлақта Оның қасына келип: – Устаз, буның қашан болатуғынын бизлерге айтып бер. Сениң келиўиңди ҳәм усы заманның ақырын қандай белги билдиреди? – деп сораў қойды. 4Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар! 5Себеби көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масийхпан» деп, көп адамларды алдайды. 6Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар туўралы хабарларды еситесизлер, бирақ қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес. 7Өйткени миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи, көп жерлерде ашаршылықлар ҳәм жер силкиниўлер болады. 8Ал булардың ҳәммеси толғақ азабының басланыўына уқсайды. 9Сонда сизлерди қыйнаўға услап береди ҳәм өлтиреди. Мениң атым ушын барлық халықлар сизлерди жек көреди. 10Сонда көп адамлар исенимнен қайтады, бир-бирине сатқынлық ислеп, бир-бирин жек көреди. 11Көплеген жалған пайғамбарлар пайда болып, көп адамларды алдайды. 12Нызамсызлық көбейгенликтен, көп адамлардың сүйиспеншилиги суўыйды. 13Бирақ, ақырына дейин шыдаған қутқарылады. 14Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабар пүткил жер жүзине жәрияланып, барлық халықларға гүўалық болады. Соннан кейин, усы заманның ақыры келеди.
Copyright information for
KaaIBT22C