‏ Matthew 24:15-21

Ең уллы апат

(Мрк 13:14-23; Лук 21:20-24)

15– Ал Даниел пайғамбар алдын ала айтқан ўайран қылатуғын жеркенишли бир заттың мухаддес орында турғанын көргениңизде , – пайғамбардың жазыўын оқыған адам бул заттың мәнисин түсинсин, – 16Яҳудиядағылар таўларға қашсын. 17Ким де ким тамның төбесинде болса, үйинен бир нәрсе алыў ушын төменге түспесин. 18Ким де ким атызда болса, шапанын алыў ушын изине қайтпасын. 19Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! 20Қашатуғын ўақытларыңыз қыс мәўсимине ямаса Шаббат күнине
Яҳудийлердиң нызамы бойынша, бул күни жумыс ислеў ҳәм узақ жолға шығыў қадаған етилген еди.
туўры келмесин деп, дуўа етиңлер.
21Себеби сонда дүнья жаратылғаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын уллы апат болады.
Copyright information for KaaIBT22C