‏ Matthew 24:29-31

Адам Улының қайта келиўи

(Мрк 13:24-27; Лук 21:25-28)

29– Сол күнлердиң апатынан соң, «Бирден қуяш қараңғыланады,
Ай өз жақтысын түсирмейди,
Жулдызлар аспаннан түсип,
Аспан күшлери силкинеди» .

30Сонда аспанда Адам Улының кәраматлы белгиси көрингенде, жер жүзиндеги барлық халықлар жылай баслайды. Олар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен аспандағы бултлардың үстинде киятырғанын көреди. 31Кәрнайдың күшли даўысы менен Ол Өзиниң периштелерин жибереди ҳәм олар дүньяның төрт тәрепинен, аспанның бир шетинен баслап екинши шетине дейин, Оның таңлап алғанларын жыйнап келеди.
Copyright information for KaaIBT22C