‏ Matthew 24:36-44

Сол күнди ямаса саатты ҳеш ким де билмейди

(Мрк 13:32-37; Лук 17:26-30, 34-36)

36– Бирақ, сол күнди ҳәм сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Өзи де
Улдың Өзи де – Бул сөзлер кейинги қолжазбаларда жоқ.
, тек ғана Әкем биледи.
37Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улы келгенде де солай болады. 38Өйткени топан суўынан бурын, Нух кемеге минген күнге дейин, адамлар ишип-жеди, үйленди, турмысқа шықты. 39Топан суўы басып, бәрин қырып жойғанға дейин, олар аңғармады. Адам Улы келгенде де солай болады. 40Сол ўақытта еки адам атызда болса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады. 41Еки ҳаял дигирман тартып отырса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады.

42Солай етип, сергек болыңлар! Себеби Ийеңиздиң қашан келетуғынын билмейсизлер. 43Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының түнниң қайсы ўақтында келетуғынын билсе уйықламай, үйине урының бузып кириўине мүмкиншилик бермеген болар еди. 44Сонлықтан сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Өйткени Адам Улы сизлер ойламағанда келеди.
Copyright information for KaaIBT22C