Matthew 25:14-30
Аманат етилген талант туўралы тымсал
(Лук 19:11-27)
14– Аспан Патшалығы бир адамның сапарға кетпесинен бурын хызметшилерин шақырып алып, оларға өзиниң мал-мүлкин аманат еткенине уқсайды. 15Олардың уқыбына қарай, биреўине бес, екиншисине еки, үшиншисине бир талант берип, жолға атланыпты. 16Бес талант алғаны дәрриў барып, ақшаны саўдаға айландырып, және бесеўин арттырыпты. 17Еки талант алғаны да солай ислеп, және екеўин арттырыпты. 18Бир талант алғаны барып, хожайынының ақшасын жерге көмип жасырыпты. 19Арадан көп ўақыт өткеннен соң хызметшилердиң хожайыны қайтып келип, олардан есап талап етипти. 20Сонда бес талант алғаны және бесеўин әкелип: «Хожайын, маған бес талант берген едиңиз, минекей, мен және бесеўин арттырдым», – депти. 21Хожайыны оған: «Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим! Кишкене исте исенимли болдың, мен саған үлкен ис тапсырмақшыман. Жүр, мениң қуўанышыма шерик бол!» – депти. 22Еки талант алғаны да келип: «Хожайын, сиз маған еки талант берген едиңиз, минекей, мен және екеўин арттырдым», – депти. 23Хожайыны оған: «Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим! Кишкене исте исенимли болдың, мен саған үлкен ис тапсырмақшыман. Жүр, мениң қуўанышыма шерик бол!» – депти. 24Соңынан бир талант алғаны да келип: «Хожайын, сизиң қатал адам екениңизди билемен. Сиз өзиңиз екпеген жериңизден орып, шашпаған жериңизден жыйнайсыз. 25Сонлықтан мен сизден қорқып, талантыңызды жерге көмип жасырған едим. Минекей, ақшаңыз, алың», – депти. 26Ал хожайыны оған жуўап қайтарып былай депти: «Ҳәй, жаман ҳәм жалқаў хызметшим! Мениң өзим екпеген жерден орып, шашпаған жерден жыйнайтуғынымды биледи екенсең, 27мениң ақшамды айланысқа жиберетуғын адамға бериўиң тийис еди, қайтып келгенимде өзимдикин пайдасы менен алар едим. 28Енди оннан талантты алыңлар да, оны он таланты барға бериңлер! 29Өйткени кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады. 30Ал мына жарамсыз хызметшини сыртқа, қараңғылыққа шығарып таслаңлар. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди ▼▼ Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Усыларды айтып турып, Ийса былай деди: „Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын!“».
».
Copyright information for
KaaIBT22C