‏ Matthew 26:14-16

Яҳуданың сатқынлығы

(Мрк 14:10-11; Лук 22:3-6)

14Соңынан Ийсаның он еки шәкиртиниң бири Яҳуда Исқариот деп аталған адам бас руўханийлерге барып:

15– Ийсаны сизлерге услап берсем, маған не бересизлер? – деп сорады.

Олар оған отыз гүмис теңге усынды.
16Яҳуда да сол ўақыттан баслап Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи.
Copyright information for KaaIBT22C