‏ Matthew 26:17-25

Ийсаның Өз шәкиртлери менен Қутқарылыў байрамының асын жеўи

(Мрк 14:12-21; Лук 22:7-13; Юхн 13:21-30)

17Ашытқысыз нан байрамының
Ашытқысыз нан байрамы – сөзликке қараң.
биринши күнинде Ийсаның шәкиртлери Оған келип:

– Қутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын қай жерде таярлық көриўимизди қәлейсең? – деп сорады.

18Ол жуўап берип былай деди:

– Қаладағы пәленше деген адамға барып, оған: «Устазымыз: „Мениң күним жақынлап қалды. Шәкиртлерим менен бирге байрам асын сениң үйиңде жеймен“, деди», – деп айтыңлар.

19Шәкиртлери Ийсаның тапсырмасын орынлап, байрам асын таярлады.

20Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге дастурхан әтирапына отырды. 21Олар аўқатланып отырғанда, Ийса:

– Сизлерге шынын айтып турман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди.

22Сонда олар қатты қапа болып, биринен соң бири Оннан:

– Мен емеспен бе, Ийем? – деп сорай баслады.

23Ийса оларға жуўап берип:

– Мениң менен бирге табаққа қол салған адам Маған сатқынлық қылады.
24Деген менен, Адам Улы Өзи ҳаққында Мухаддес Жазыўда айтылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени өзи ушын жақсырақ болар еди, – деди.

25Сонда Оған сатқынлық қылатуғын Яҳуда:

– Мен емеспен бе, Устаз? – деди.

Ийса оған:

– Буны сен өзиң айттың, – деп жуўап берди.
Copyright information for KaaIBT22C