‏ Matthew 26:26-30

Ийсаның соңғы кешеси

(Мрк 14:22-26; Лук 22:14-23; 1Кор 11:23-25)

26Олар аўқатланып отырғанда Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм оны сындырып, шәкиртлерине берди де:

– Алыңлар, жеңлер, бул – Мениң денем, – деди.

27Соңынан Ол кесени алып, Қудайға шүкирлик билдирди ҳәм оларға кесени берип былай деди:

– Ҳәммеңиз буннан ишиңлер!
28Себеби бул – көп адамның гүналарының кеширилиўи ушын төгилетуғын, жаңа келисимди бекитетуғын Мениң қаным. 29Сизлерге айтатуғыным: Әкемниң Патшалығында сизлер менен жаңасын ишетуғын күниме дейин, Мен бундай жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен.

30Соңынан олар Қудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти.
Copyright information for KaaIBT22C