Matthew 26:31-35
Петрдиң Ийсадан таныўы ҳаққында
(Мрк 14:27-31; Лук 22:31-34; Юхн 13:36-38)
31Сонда Ийса оларға: – Бул түни ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Шопанды шаўып таслағанымда,Сүриўдеги қойлар тарқап кетеди» ▼.
32Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди. 33Петр Оған жуўап берип: – Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, – деди. 34Ийса оған: – Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди. 35Петр Оған: – Маған Сениң менен бирге өлиўге туўра келсе де, мен Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди. Басқа шәкиртлериниң ҳәммеси де солай деди.
Copyright information for
KaaIBT22C