Matthew 26:36-46
Ийсаның Гетсеманиде дуўа етиўи
(Мрк 14:32-42; Лук 22:39-46)
36Соңынан Ийса шәкиртлери менен бирге Гетсемани деген жерге келип, оларға: – Мен ана жерге барып дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди. 37Өзи менен бирге Петрди ҳәм Зебедейдиң еки улын алып кетти де, қайғырып қыйнала баслады. 38Сонда Ийса оларға: – Жаным өлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, Мениң менен бирге сергек болып турыңлар, – деди. 39Соңынан Ол бираз шетирекке барды да, бетин жерге басып, былай деп дуўа ете баслады: – Әкем Мениң! Егер де мүмкин болса, бул азап кесеси Меннен өтсин. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлеўиң болсын! 40Шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын көрди де, Петрге: – Солай етип, сизлер Мениң менен бирге уйықламай бир саат та отыра алмадыңлар ма? 41Сергек болыңлар! Азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер! Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди. 42Ийса екинши рет барып, және былай деп дуўа етти: – Әкежаным! Егер бул азап кесеси Мен ишпей Меннен өте алмаса, онда Сениң еркиң орынлансын. 43Қайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын көрди. Өйткени көзлерин уйқы басқан еди. 44Оларды қалдырып, және барып, үшинши рет те сол сөзлерин қайталап дуўа етти. 45Соңынан шәкиртлериниң қасына қайтып келип, оларға: – Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Мине, ўақыт болды, Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи. 46Турыңлар, кеттик. Қараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C