‏ Matthew 26:47-56

Ийсаның қолға алыныўы

(Мрк 14:43-50; Лук 22:47-53; Юхн 18:3-12)

47Ийса еле сөйлеп турғанда, Оның он еки шәкиртиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер ҳәм халық ақсақаллары жиберген жүдә көп адамлар бар еди. Адамлар қолларына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди. 48Сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Өзи. Оны қолға алыңлар», – деген еди.

49Ол дәрриў Ийсаның қасына барып:

– Ассалаўма әлейкум, Устаз! – деп Оны сүйди.

50Ийса оған:

– Ҳәй, достым, неге келдиң? – деди.

Сонда олар Ийсаға жақынлап келди де, Оған тәп берип, услап алды.
51Сол ўақытта-ақ Ийсаның қасындағылардан бири қылышын суўырып алып, бир силтеп, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады. 52Бирақ Ийса оған:

– Қылышыңды қынабына салып қой! Қылыш көтериўшилердиң ҳәммеси де қылыштан қаза табады.
53Егер Мен ҳәзир Әкемнен сорасам, Ол Маған он еки легионнан
Бир легион – Рим армиясында 6000 әскерден ибарат әскерий топар.
да артық периште жибермейди, деп ойлайсаң ба?
54Бирақ егер ондай болса, Мухаддес Жазыўлардағы солай болыўы тийис деген сөзлер қалайынша орынланады? – деди.

55Сонда Ийса халыққа:

– Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? Мен ҳәр күни Ибадатханада отырып тәлим беретуғын едим, бирақ сизлер Мени усламадыңлар.
56Усылардың ҳәммеси пайғамбарлардың Жазыўларының орынланыўы ушын болды, – деди.

Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти.
Copyright information for KaaIBT22C