Matthew 26:57-68
Ийса жоқарғы кеңес алдында
(Мрк 14:53-65; Лук 22:54-55, 63-71; Юхн 18:13-14, 19-24)
57Ийсаны қолға алғанлар Оны Каяфа деген бас руўханийге апарды. Ол жерге диний муғаллимлер менен ақсақаллар жыйналған еди. 58Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисине дейин узақтан ерип барды ҳәм соңын көриў ушын ишке кирип, сақшылар менен бирге отырды. 59Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы жалған гүўалық изледи. 60Көплеген жалған гүўалар келсе де, Оған тағатуғын айып таба алмады. Ақырында еки жалған гүўа келип: 61– Ол: «Қудайдың Ибадатханасын бузып, оны үш күнниң ишинде қайта тиклей аламан», – деп айтты, – деди. 62Сонда бас руўханий орнынан турып, Ийсадан: – Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады. 63Бирақ Ийса үндемеди. Сонда бас руўханий Оған: – Мен Саған тири Қудайдың аты менен ант ишиўиңди талап қыламан, бизлерге айтшы: Қудайдың Улы, Масийх – Сенбисең? – деп сорады. 64Ийса оған: – Сол екенимди өзиң айтып турсаң. Сизлерге айтатуғыным: усы ўақыттан баслап, сизлер Адам Улының Қүдиретлиниң оң жағында отырғанын ▼ ҳәм аспандағы бултлардың үстинде киятырғанын көресизлер ▼, – деди. 65Сонда бас руўханий өз кийимлерин жыртып: – Ол Қудайға тил тийгизди-ғо! Енди бизлерге гүўалардың не кереги бар? Оның Қудайға тил тийгизгенин ҳәзир өзлериңиз еситтиңиз! 66Сизлердиң ҳүкимиңиз қандай болады? – деп сорады. Олар жуўап қайтарып: – Ол өлим жазасына тартылыўы тийис, – деди. 67Сонда олар Ийсаның бетине түкирип, Оны ура баслады. Биреўлер бетине шапалақ пенен урып, 68Оған: – Ҳәй, Масийх! Бизлерге ўәлийлик етип айт: Сени ким урды? – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C