Matthew 26:6-13
Ийса Бетанияда
(Мрк 14:3-9; Юхн 12:1-8)
6Ийса Бетанияда, бурын тери кеселлиги менен аўырған Шимонның үйинде, 7дастурхан басында отырғанда, қолында қымбатбаҳа әтир майға толы мәрмер ыдыс бар бир ҳаял Оның қасына келип, әтир майды Оның басына қуйды. 8Буны көрген шәкиртлери ашыўланып: – Бундай ысырапкершиликтиң не кереги бар? 9Бул әтир майды қымбатқа сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бериўге болатуғын еди, – дести. 10Бирақ Ийса буны еситип, оларға: – Бул ҳаялды неге уялтып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи. 11Жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, ал Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман. 12Ол бул әтир майды денеме қуйып, Мени жерлеўге таярлады. 13Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C