Matthew 26:67-75
67Сонда олар Ийсаның бетине түкирип, Оны ура баслады. Биреўлер бетине шапалақ пенен урып, 68Оған: – Ҳәй, Масийх! Бизлерге ўәлийлик етип айт: Сени ким урды? – деди.Петрдиң Ийсадан таныўы
(Мрк 14:66-72; Лук 22:56-62; Юхн 18:15-18, 25-27)
69Сол ўақытта Петр сыртта, ҳәўлиде отырған еди. Оның қасына бир шоры қыз келип: – Сен де галилалы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди. 70Бирақ ол ҳәммениң алдында танып: – Сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди. 71Ол дәрўазаға қарай баратырғанда оны басқа бир шоры қыз көрип, сол жердегилерге: – Мына адам насыралы Ийса менен бирге болған-ғо, – деди. 72Ол ант ишип: – Мен ол Адамды танымайман, – деп және танды. 73Бираздан соң, сол жерде турғанлар Петрге жақынлап келип, оған: – Ырасында да, сен солардың бирисең. Бул сениң сөйлегениңнен анық билинип тур, – деди. 74Сонда Петр: – Шынын айтып турман, алдасам нәлет жаўсын, мен ол Адамды танымайман, – деп ант ишти. Сол ўақытта-ақ қораз шақырды. 75Сонда Ийсаның: «Қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзи Петрдиң есине түсти. Ол сыртқа шығып кетип, өкирип жылады.
Copyright information for
KaaIBT22C