‏ Matthew 26:69-75

Петрдиң Ийсадан таныўы

(Мрк 14:66-72; Лук 22:56-62; Юхн 18:15-18, 25-27)

69Сол ўақытта Петр сыртта, ҳәўлиде отырған еди. Оның қасына бир шоры қыз келип:

– Сен де галилалы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди.

70Бирақ ол ҳәммениң алдында танып:

– Сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди.

71Ол дәрўазаға қарай баратырғанда оны басқа бир шоры қыз көрип, сол жердегилерге:

– Мына адам насыралы Ийса менен бирге болған-ғо, – деди.

72Ол ант ишип:

– Мен ол Адамды танымайман, – деп және танды.

73Бираздан соң, сол жерде турғанлар Петрге жақынлап келип, оған:

– Ырасында да, сен солардың бирисең. Бул сениң сөйлегениңнен анық билинип тур, – деди.

74Сонда Петр:

– Шынын айтып турман, алдасам нәлет жаўсын, мен ол Адамды танымайман, – деп ант ишти.

Сол ўақытта-ақ қораз шақырды.
75Сонда Ийсаның: «Қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзи Петрдиң есине түсти. Ол сыртқа шығып кетип, өкирип жылады.
Copyright information for KaaIBT22C