Matthew 27:11-26
Өлим ҳүкими
(Мрк 15:2-15; Лук 23:3-5, 13-25; Юхн 18:33-38; 19:1-16)
11Ийса римли ҳәкимниң алдында турғанда, ҳәким Оннан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди өзиң айтып турсаң, – деп жуўап берди. 12Ал бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Оны айыплағанда, Ол ҳеш жуўап бермеди. 13Сонда Пилат Оған: – Саған қарсы қаншама гүўалықлар берилип атырғанын еситип турған жоқсаң ба? – деди. 14Бирақ өзиниң бирде бир сөзине Ийсаның жуўап қайтармағанына ҳәким қатты ҳайран қалды. 15Қутқарылыў байрамында халық сораған бир тутқынды босатып бериў ҳәкимниң әдети еди. 16Сол ўақытта қамақта Барабба деген белгили бир жынаятшы бар еди. 17Халық жыйналып болғанда, Пилат оларға былай деди: – Сизлер кимди босатып бериўимди қәлейсизлер? Бараббаны ма ямаса Масийх деп аталатуғын Ийсаны ма? 18Өйткени ол олардың Ийсаны өзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди. 19Пилат ҳүким гүрсисинде отырғанда, ҳаялы оған мынадай хабар жиберди: «Сол ҳақ Адамға ҳеш нәрсе ислеме. Мен бүгин түсимде Ол себепли көп азап шектим». 20Бас руўханийлер менен халық ақсақаллары халықты үгитлеп: – Бараббаны босатып берип, Ийсаны өлтириўди талап етиңлер, – деди. 21Ҳәким олардан және: – Сизлерге екеўиниң қайсысын босатып бериўимди қәлейсизлер? – деп сорады. Олар: – Бараббаны, – деди. 22Пилат олардан: – Ал Масийх деп аталатуғын Ийсаға не ислейин? – деп сорады. Олардың ҳәммеси де: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деди. 23Ал Пилат олардан: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады. Бирақ олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деп қаттырақ бақырысты. 24Пилат ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынын ҳәм қозғалаң басланажағын сезип, суў алды да, халықтың көз алдында қолын жуўып: – Бул адамның қанының төгилиўине мен айыплы емеспен, сизлер жуўапкерсиз, – деди. 25Пүткил халық: – Оның қаны ушын бизлер ҳәм бизлердиң балаларымыз жуўапкер болғаймыз! – деп жуўап қайтарды. 26Сонда Пилат оларға Бараббаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
Copyright information for
KaaIBT22C