Matthew 27:27-30
Әскерлердиң Ийсаны масқаралаўы
(Мрк 15:16-20; Юхн 19:2-3)
27Сонда ҳәкимниң әскерлери Ийсаны ҳәким Пилаттың сарайына алып барып, Оның алдына пүткил әскерлерди жыйнады. 28Оның кийимлерин шешип, үстине қырмызы шапан жапты да, 29тикенли шыбықлардан таж өрип, Оның басына кийгизди. Оң қолына қамыс таяқты услатты да, Оның алдына дизерлеп отырып: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп мазақ етти. 30Оған түкирди, қамысты алып, Оның басына урды.
Copyright information for
KaaIBT22C