‏ Matthew 27:32-44

Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи

(Мрк 15:21-32; Лук 23:26-43; Юхн 19:17-27)

32Әскерлер шығып баратырғанда Шимон атлы бир киренели адамды ушыратып, оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи. 33Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге келгенде, 34олар Ийсаға өт қосылған шарапты ишиўге берди, бирақ Ол татып көрип, ишиўден бас тартты.

35Оны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң шек тасласып, кийимлерин өз ара бөлисти
Заб 21:19.
,
36соңынан отырып, Оны қараўыллады. 37Оның айыбын көрсететуғын: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ ИЙСА» деген жазыўды басының үсти бетине, ағашқа қағып қойды. 38Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң тәрепине, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашқа шегеледи.

39Ийсаның жанынан өтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оның үстинен күлип :

40– Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен! Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, қәнекей, Өзиңди Өзиң қутқарып, атанақ ағаштан түсип көрши! – дести.

41Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар да Оны мазақ қылып былай деди:

42– Бул басқаларды қутқарып, Өзин Өзи қутқара алмайды. Егер Ол Израилдың Патшасы болса, ҳәзир атанақ ағаштан түссин. Сонда бизлер Оған исенемиз. 43Ол Қудайға арқа сүйеп тур. Егер Қудай қәлесе, ҳәзир Оны қутқарсын . Себеби Ол: «Мен Қудайдың Улыман», – деген еди-ғо.

44Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленген қарақшылар да Оны усылай мазақ етти.
Copyright information for KaaIBT22C