Matthew 27:45-56
Ийсаның жан тапсырыўы
(Мрк 15:33-41; Лук 23:44-49; Юхн 19:28-30)
45Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин, пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. 46Саат үшлер шамасында Ийса қатты даўыс пенен: – Элий, Элий! Лама сабахтани? – деп бақырды. Бул: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?» ▼ – дегенди аңлатады. 47Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип: – Ол Илиясты шақырып атыр, – деди. 48Дәрриў олардың биреўи жуўырып барып, бир сорғышты сирке суўына батырып алды да, оны таяққа қадап, Оған ишиўге берди. 49Ал басқалары: – Тоқтай тур, Илияс келип, Оны қутқарар ма екен, көрейик, – дести. 50Ийса және бәлент даўыс пенен бақырды да, жан тапсырды. 51Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлинди. Жер силкинип, жартаслар жарылды. 52Қәбирлер ашылып, жатырған мухаддеслердиң көбиси қайта тирилди. 53Ийса қайта тирилгеннен кейин, олар қәбирлеринен шығып, мухаддес қалаға барды ҳәм көп адамларға көринди. 54Жер силкиниўдиң ҳәм басқа ўақыялардың болғанын көрген жүзбасы ҳәм оның менен бирге Ийсаны қараўыллағанлар қатты қорқысып: – Бул ҳақыйқаттан да, Қудайдың Улы екен! – дести. 55Сол жерде узақтан қарап турған көп ҳаяллар да бар еди, олар Ийсаның изине Галиладан ерип келип, Оған хызмет еткен еди. 56Олардың арасында магдалалы Мәриям, Яқып пенен Юсуптиң анасы Мәриям ҳәм Зебедейдиң улларының анасы да бар еди.
Copyright information for
KaaIBT22C